Мәжилисте атап өтилгениндей, спорт тараўын тек ойын ҳәм жарыслар емес, миллет генофонды, мәмлекеттиң қүдирети ҳәм абырайын пүткил дүньяға танытатуғын ең тәсиршең қурал, ең әҳмийетли ўазыйпа деп билиўимиз шәрт.

95

Сонлықтан Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлық бойынша биринши мәрте бундай үлкен мәжилис өткерилип атырғаны атап өтилди.

Реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ, басқа тараўлардың қатарында денетәрбиясы ҳәм спорттың раўажланыўына да үлкен итибар берилмекте.

Кейинги төрт жылда бюджеттен спортқа ажыратылып атырған қаржы 1,5 триллион сумнан 3 триллион сумға артты, тренерлердиң орташа айлығы 2 есеге көбейди, 101 ири спорт объектлери жаңадан қурылды, 67си реконструкцияланды.

Спортшыларымыздың Парижде ерискен табыслары бул реформалардың айқын нәтийжелери болып табылады.

Ең тийкарғысы, бул нәтийжелер жасларымыздың, ата-аналардың спортқа болған көз қарасын өзгертти. Көп жасларымызда «Мен де чемпион боламан» деген умтылыўшаңлық пайда болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги