Делегациямыз басшылары Харбинде Қытай жетекшиси менен ушырасты

201

Қытайдың Харбин қаласында қысқы Азия ойынлары – 2025 жарыслары даўам етпекте.

Харбин-2025 қысқы Азия ойынлары шеңберинде  Азия Олимпиада кеңеси вице-президенти, Өзбекстан МОК баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров ҳәм Миллий Паралимпиада комитети баслығының ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Шаҳноза Мирзиёева Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм оның өмирлик жолдасы менен ушырасты. Бул ҳаққында olamsport.com хабар бермекте.


Қызғын сөйлесиўде тәреплер Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы дослық байланыслары барған сайын беккемленип атырғанынан қанаатланатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, Қытай жетекшиси делегациямыз басшыларын Харбинде көргенинен қуўанышлы екенин билдирип, болажақ ойынларда өзбекстанлы спортшыларға әўмет тиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги