Парижде ерисилип атырған нәтийжелер менен босаңласпаў керек екени көрсетип өтилди

174

Лос-Анджелес-2028 Олимпиада ойынларында күшли онлыққа кириў мақсет етилген. Бул ушын жуўапкер басшылардан баслап, район ҳәкимлерине шекем ҳәмме қатты ислеўи кереклиги атап өтилди.

Олимпиада ойынларындағы тарийхымыз тек ғана жеке гүрес спорт түрлери менен жазылып атырғаны көрсетип өтилди. Кейинги Олимпиадада тек ғана 5 спорт түри – бокс, дзюдо, таэквондо, аўыр атлетика ҳәм еркин гүрес бойынша медаль қолға киргизилди.

Спорт федерацияларының ҳәр бирине министрлер ҳәм республика шөлкемлериниң басшылары сайланған, бирақ айырымларының жумысы потенциалға ийе емес екени атап өтилди.

Ўәлаят, район, мәҳәллеге барғанда, спортшы ҳәм тренерлер менен ушырасыў, олардың машқаласын шешиў, сырт елли ямаса халықаралық федерация басшылары менен бирге ислесиў, спортшы ҳәм тренерлерди оқыў шынығыўларына жибериў жумыслары төмен екени сынға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги