Президент: спорт – саламат халық, саламат жәмийеттиң таяныш үстини болып есапланады

422

Президенттиң басшылығында 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлықты күшейтиў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды.

«Өз алдына уллы мақсетлер қойған халық тек саламат ҳәм күшли болған жағдайда ғана гөзлеген шеклерине ерисе алады. Ел-халықтың саламат болыўы, үлкен жумыслар ислей алыўында болса, сөзсиз, денетәрбия ҳәм спорттың әҳмийети теңсиз.

Бүгин биз дүньяға ашық, социаллық ҳәм экономикалық раўажланған мәмлекет – Жаңа Өзбекстанда қурыў бойынша өз алдымызға үлкен мақсетлер қоймақтамыз.

Ҳәр бир инсан, ҳәр бир ата-ананың әрманы ҳәм нийети физикалық ҳәм мәнаўий бәркамал әўладты тәрбиялаў болып есапланады. Оған болса денетәрбия ҳәм спортсыз ерисип болмайды.

Бир сөз бенен айтқанда, спорт – саламат халық, саламат жәмийеттиң таяныш үстини болып есапланады. Соның менен бирге, спорт – бул бәринен бурын тынышлық елшиси, ҳәр бир мәмлекет ушын миллий мақтаныш дереги»,-деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.

ӨзА