Қысқы Азия ойынларында кимлер жетекшилик етпекте?

Кеше Қытайдың Харбин қаласында өткерилип атырған қысқы Азия ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы өзиниң дәслепки медалын қолға киргизгени ҳаққында хабарлаған едик.
Атап айтқанда, фигуралы сырғанаў бойынша жуплық беллесиўлеринде Дмитрий Чигирев/Екатерина Гейниш тәрепинен жеңип алынған алтын медальдан соң, улыўма командалық есапта сайланды командамыз бесинши орынға көтерилип алды.
Жарыста Қытай сайланды командасы 31 алтын, 26 гүмис ҳәм 22 қола медаль менен сыйлы биринши орынды ийелеп тур.
Ал, екинши орындағы Қубла Корея Республикасы делегациясы есабында болса, 12 алтын, 13 гүмис ҳәм 12 қола, үшинши орындағы япониялы спортшыларда 7 алтын, 7 гүмис ҳәм 13 қола медалы бар.

Қоңсылас Қазақстан Республикасы делегациясы болса, 3 алтын, 7 гүмис ҳәм 5 қола медалы менен төртинши орынды ийелеп келмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы