Президентимиз олимпиада ҳәм паралимпиада ҳәрекетин раўажландырыў, селекция системасын жетилистириў бойынша жаңа басламаларды алға қойды.

222

Лос-Анджелестеги жазғы Олимпиада ҳәи Паралимпиада ойынларына таярлық көриў мақсетинде Олимпиада комитетиниң аймақлық бөлимлерин дүзиў басламасы қоллап-қуўатланды.

Миллий Олимпиада комитетине Президент басшы болғанындай, аймақлық бөлимлерге ўәлаят ҳәкимлери басшылық етеди.

Ҳәкимлер ҳәр бир федерация менен ислесип, олимпиада цикли ушын арнаўлы стратегиясын ислеп шығады ҳәм Миллий олимпиада комитети жанында қорғайды.

Барлық спорт федерациялары басшылары ҳәм ўәлаят ҳәкимлери әмелге асырылып атырған ислери ҳәм ерискен нәтийжелери ҳаққында ҳәр айда Олимпиада комитетине есап береди.

Спортшыларды келеси Олимпиадаға таярлаў ушын зәрүр шараят ҳәм инфраструктураға 300 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Усы жылдың өзинде кеминде 10 спортшы ҳәм тренерлерди ең абырайлы сырт ел спорт академияларында оқытыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги