Президентимиз қолда бар потенциал толық иске қосылмай атырған спорт түрлерине айрықша тоқтап өтти.

Мәселен, бадминтонда бирде-бир лицензия қолға киргизилмеген. Оқ жайдан оқ атыў спорт түри бойынша тек ғана 3 лицензия алынған.
Олимпиада ойынларында жеңил атлетика түрлери бойынша 48 бағдарлама бар. Бирақ жеңил атлетика федерациясы соңғы олимпиадада тек 5 лицензияны қолға киргизди.
Ядро, диск, найза ылақтырыў, секириў спорт түрлеринде бирде-бир лицензия алынбады. Ямаса, 49 суў спорт бағдарламасынан тек ғана төртеўи бойынша лицензия қолға киргизилген.
Оқ атыў спортын раўажландырыў ушын қорғаныў системасы ҳәм «Ватанпарвар» шөлкеминде барлық шараят жаратылған. Бирақ бирде бир спортшымыз Олимпиадаға бармады.
Елимизде жеке гүрес спорт түрлери, миллий гүрес раўажланып атырған болса да, грек-рим гүреси бойынша тек ғана 3 лицензия алынған.
Өткен жылы байдарка ҳәм каноэде ескек есиў бойынша жәҳән чемпионаты биринши мәрте елимизде өткерилди. Бирақ бунда елимиз бирде-бир медаль қолға киргизбеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги