Ҳәкимлердиң де бунда жуўапкершилиги улыўма сезилмей атырғаны атап өтилди. Олар спорт федерацияларының аймақлық бөлимлериниң басшыларын танымайтуғыны, спортшы ҳәм тренерлерди қабылламайтуғыны, спортшылар халықаралық жарыста нәтийже көрсеткенде ғана буннан хабардар болатуғыны көрсетип өтилди.

Мәселен, өткен жылы олимпиада спорт түрлери бойынша өткерилген жәҳән чемпионатларында спортшыларымыз 58 медальды қолға киргизди. Бирақ Наўайы, Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья спортшылары бул чемпионатларда бирде-бир медаль алмаған.
Париж Олимпиадасы ҳәм Паралимпиада ойынларына қолға киргизилген лицензиялар Наўайы ҳәм Қарақалпақстанда ең аз.
Сонлықтан көзқарасларды ҳәзирден өзгертип, жасларды спортқа, әсиресе, олимпиада спорт түрлерине таярлаў, оларды селекциялаў, қәбилетли спортшы ҳәм тренерлерди хошаметлеў бойынша пүткиллей жаңа система жаратыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Спортта әдиллик орнатыў, спортшы ҳәм тренерлерге пайда алып келиў ҳәм тараўды санластырыў жуўапкерлер, спорт федерациялары басшылары ҳәм ҳәкимлердиң жумысын баҳалаўда баслы норма болатуғыны белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги