Мәҳәлле банкири ҳәм жәрдемши-агентлердиң жумысы тәртипке салынады

Орайлық банкте мәҳәлле банкири ҳәм жәрдемши-агентлердиң жумысын тәртипке салыў ҳәм муўапықластырыў мәселелерине бағышланған оқыў-семинар болып өтти.
Семинарда мәҳәллелерге бириктирилген 31 коммерциялық банк ҳәм Орайлық Банктиң аймақлық басқармалары және Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң жуўапкерлери қатнасты.
Илаж даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды дәраматлы жумысқа тартыў, рәсмий емес мийнет пенен бәнт болғанларды банк системасына алып кириў ўазыйпаларын мәҳәлле банкирлери ҳәм жәрдемши-агентлер менен әмелге асырыў механизми ҳәм инструментлери ҳаққында сөз етилди.
Атап айтқанда, 71 аўыр категориядағы районларда жумысларды жолға қойыў ҳәм 60 алдыңғы районларды буннан былай да раўажландырыў, мәҳәлле банкириниң жумысын жолға қойыў, муўапықластырыў ҳәм тәртипке салыў көлеминде «Сайхунабад», «Мәҳәлле жойбары», «Паркент» тәжирийбеси, «Бир контур – бир өним» принципи тийкарында жойбарларды әмелге асырыў ҳәм «bank-kredit.uz» платформасы арқалы жумысларды шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, бизнеске биринши қәдем, исбилерменликти үзликсиз қоллап-қуўатлаў бағдарламаларының мазмун-мәниси, жәрдемши-агентлер менен ислесиў системасы шеңберинде банк хызметлерин ғалаба ен жайдырыў, есап бетлер ашыў сыяқлы ўазыйпалар және мәҳәлле банкирлери ҳәм жәрдемши агентлерди турақлы оқытыў системасы түсиндирилди.
Семинар жуўмағында қатнасыўшылар арасында сораў-жуўаплар өткерилип, әҳмийетли усыныслар билдирилди. Сондай-ақ, додалаўлар нәтийжесинде ҳәр бир қатнасыўшыға тийисли көрсетпелер берилип, алдағы жумыслар бойынша анық бағдарлар белгиленди.
Шаҳноза Маматуропова,
ӨзАның хабаршысы