Нәтийже көрсеткен денетәрбия оқытыўшылары өз алдына хошаметленеди

231

Президент басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Мектеп оқытыўшыларын спортқа тартыўдың бүгинги жағдайы да талап дәрежесинде емеслиги көрсетип өтилди.

Енди ҳәр бир мектепте жеке гүрес ҳәм командалық олимпиада спорт түрлери бойынша кеминде биреўден дөгерек болыўы шәрт екенлиги белгиленди.

Оның ушын Спорт министрлиги өз системасындағы барлық спорт мектеплери тренерлерин улыўма билимлендириў мектеплериндеги денетәрбия оқытыўшыларына бириктиреди.

Федерациялар ҳәр бир районда биреўден улыўма билимлендириў мектебин таңлап, өз бағдарындағы спорт түрине бейимлестиреди. Оларды тәжирийбели тренер ҳәм спорт инвентарлары менен тәмийинлейди.

Мектеплер арасында олимпиада спорт түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестириледи.

Ең жақсы нәтийже көрсеткен оқыўшылар селекция етилип барылады, мектеплер болса керекли спорт инвентары менен тәмийинленеди.

Нәтийже көрсеткен денетәрбия оқытыўшылары өз алдына хошаметленеди.

ӨзА