Алдаўшылар пуқаралардың пластик карталарынан пул шешип алыўда ҳәр қыйлы усыллардан пайдаланбақта. Олар банкоматлар алдында «Картамды умытып қалдырыппан, нақ пул оғада зәрүр еди, достым сизиң картаңызға пул түсиреди, картаңыздың номерин бериң ҳәм пул түскеннен соң пулды нақластырып аламан» мазмунындағы гәплер менен адамларды алдамақта. Бул ҳаққында «Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы пуқараларды ескертпекте.

 

Алдаў жолы менен бир адамның картасынан керекли қаржыны электрон есапқа өткерип, басқа бир адамның есабындағы қаржыдан пулды нақластырмақта. Есабына пул түскеннен соң картадағы қаржыны нақластырып берген адам өзи билмеген ҳалда алдаўшыларға шерик болып қалмақта.

 

Хабарда жазылыўынша, қыйналған шаңараққа жәрдем беремен деп алдын пластик карта ҳаққындағы мағлыўматларды, соңынан электрон есаптағы қаржыларды урлап атырған, ҳәр қыйлы акцияларды ойлап таўып адамларды алдап атырғанлар да сырт еллерде ҳәм Өзбекстанда ушырасыўы мүмкинлигин умытпаў зәрүр.

 

Мәмлекетлик инспекция усы сыяқлы жағдайларда сергек болыўға, пластик карточка номерин танымайтуғын адамларға мәлим етпеўге, жоқарыда атап өтилген алдаўшылық схемаларының қатнасыўшысы болып қалмаў ушын сергекликти арттырыўға шақырады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.