Коронавирус пандемиясына байланыслы карантин дәўиринде көплеген өндирис, қурылыс, хызмет көрсетиў ҳәм саўда орынлары өз жумысларын ўақтынша тоқтатқан еди. Усы ўақыт аралығында айырым шаңарақлар социаллық турмыслық машқалаларға дус келди.

Әмелге асырылып атырған бир қатар илажлардың нәтийжесинде сынақлы күнлер басқышпа-басқыш артта қалмақта.

Әсиресе, усы ўақыт ишинде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети арқалы көплеген заманласларымызға материаллық-руўхый жәрдемлер көрсетилип,  исбилерменлеримиз де Президентимиздиң бул қайырқомлық басламасын қоллап-қуўатламақта.

Мине усындай сақаўатлы исбилерменлерден бири, Өзбекстандағы ең ири фармацевтикалық компания -«Grand Pharm Trade» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Нөкис районындағы 10 шаңараққа жәрдем қолын созды.

–  Президентимиздиң кем тәмийинленген шаңарақларға ғамқорлығы, сақаўатлы инсанлардың жәрдеми менен сынақлы күнлерди исеним менен жеңип өтпектемиз, -дейди «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Г.Төрешова. – Бизге көрсетилип атырған мийрим-шәпәәт, мүриўбетлик ушын айрықша миннетдаршылығымызды билдиремиз.       

Өткен ҳәптеден баслап компанияның басламасы менен кем тәмийинленген ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға коммерциялық банклердиң пластикалық карталары тарқатыла баслады.

Нөкис районының өзинде усы күнге шекем 60  шаңараққа банк пластикалық карталары жеткерип берилди.

Сақаўатлы исбилерменлерге ҳақыйқатында да мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўда Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жақыннан жәрдем бермекте. Атап айтқанда, усындай бирге ислесиў нәтийжесинде райондағы 21 жетим ҳәм 41 майып бала, 35 кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери (ата-анасының биреўи қайтыс болған балалар) мийрим-шәпәәтке бөленип, саўғаларға ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги