Топар ўәкиллери Қараөзек районындағы пуқаралар жыйынларының жумысларын үйрениў, оларға жәрдем көрсетиў, ҳаял-қызлар менен ислесиў мәселелери менен жақыннан танысыў, машқалаларын анықлаў ҳәм мәҳәллелердеги жумысларды системалы түрде шөлкемлестириўге әмелий жәрдемлесиў мақсетинде усы районда болды.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, топар ўәкиллери дәслеп пуқаралар жыйынларындағы хызметкерлердиң жумыс ислеўи ушын жаратылған шараятлар, «Жол карта»сының ислеп шығылғанлығы ҳәм оның жергиликли шараятқа сәйкеслиги, өзин-өзи басқарыў уйымларының баслығы ҳәм орынбасарларының айлық, ҳәптелик ҳәм күнлик режелери, мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы үйренилди. Анықланған кемшиликлер бойынша тийисли усыныслар берилди.

Сондай-ақ, ажырасыў алдында турған сәтсиз шаңарақлар менен ислесиў, ҳәр бир мәҳәлледе «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында әмелге асырылған жумыслар жумысшы топардың дыққат орайында болды. Мәҳәллелердеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлеринен пайдаланып, өзин-өзи бәнт етиўи бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге, мәҳәллени ең қәўипсиз аймаққа айландырыў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде әмелге асырылған профилактикалық илажлар ҳәм оның нәтийжелери де көрип шығылды.

Үйрениўлер даўамында райондағы «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Қ.Бекбосынов жумысшы топар ағзаларына үй алдындағы қыйтақ жерлерине насос жәрдеминде суў алып келиў ушын әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Бул машқала сол жердиң өзинде тийисли тәртипте үйренилди ҳәм унамлы шешимин тапты.

Буннан тысқары, «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйынындағы ажырасыў алдында турған С.А ның шаңарағы менен жақынан сәўбетлесиў өткерилип, некеси сақлап қалынды.

Сондай-ақ, райондағы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы А.Назаров, Ф.Қәллибековалардың шаңарақларына азық-аўқатлық өнимлер берилип, олардың да машқалалары тыңланды.

Сәўбетлесиў даўамында бул пуқаралардың исбилерменлик пенен шуғылланыў нийети бар екенлиги анықланып, жумысшы топар ағзалары оларға жеңиллетилген кредит алыўда әмелий жәрдем беретуғынлығын атап өтти.

Ҳаял-қызлар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, олардың машқалалары үйренилди ҳәм бул бойынша әмелге асырылатуғын илажлар белгилеп алынды.

Жумысшы топардың бул ислери даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги