Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 27-март сәнесинде қабыл етилген «Жоқары оқыў орынларында аралықтан оқытыўды енгизиў ҳаққында»ғы 233-санлы буйрығына бола  Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да аралықтан оқытыў процеси жолға қойылды.

Усы жыл 3-июнь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен филиал жәмәәтиниң қатнасында карантин дәўиринде аралықтан оқытыўдың барысы, оқыў жылын сапалы жуўмақлаўда жүргизилип атырған жумыслар бойынша видеобайланыс арқалы сәўбетлесиў өткерилди.

ZOOM бағдарламасы арқалы өткерилген илажды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясыныӊ баслығы У.Ташкенбаев алып барды.

Онда филиал директоры П.Палуаниязов филиалда аралықтан оқытыўда жүргизилип атырған жумыслар, онлайн режимде профессор-оқытыўшылардың сабақ өтиў барысы, студент-жаслардың пәнлерди өзлестириўде электрон оқыў ресурслары жаратылып, модуль системасына жайластырылғанлығын әмелий түрде көрсетип өтти.

Илаж соңында модуль системасында оқыў ресурсларын  жайластырыўда келип шыққан мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги