Карантин дәўиринде пуқараларымыздан зәрүрлик болмаса, көшеге шықпастан шаңарақ ағзалары менен үйде қалыўы ҳәм шыпакер-қәнигелердиң көрсетпелерине қатаң әмел етиўи соралмақта.

Бүгинги күнге келип, Беруний райнында пуқаралардың көшелерде ҳәрекетлениўинде карантин қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушыраспақта. Бул бағдарда район ҳәкими А.Сапарбаевтыӊ басшылығында коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў ҳәм халық арасында тарқалыўының алдын алыў бойынша арнаўлы штаб дүзилип, түсиник жумыслары алып барылмақта.

Бул хаққында ҳәкимлик баспасөз хызмети хабар бермекте.

Жүргизилген илажлар даўамында тийисли шөлкем хызметкерлери  тәрепинен карантин қағыйдаларын бузып, нықапсыз жүрген пуқараларға ҳәкимшилик шаралар көрилмекте.

Ҳәзирги ўақытта район коронавирус анықланбаған «жасыл» аймақ есапланады. Сонлықтан пуқараларымыздан надурыс хәрекетлеримиз себепли жағдайды қыйынластырып алмаўымызды ҳәм қәнигелердиң көрсетпелерине қатаң әмел етиўин сорап қаламыз.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги