Республика арнаўлы комиссиясының қарары менен 15-июнь сәнесинен баслап «жасыл» ҳәм «сары» аймақларда буйым базарларыныӊ хызметине рухсат бериледи.

Бунда буйым базарлары турақлы түрде дезинфекцияланыўы, олардың кириў-шығыў орынларын пирометрлер, антисептикалық ҳәм  дезинфекциялық кураллар менен тәмийинлениўи, сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар медициналық нықап ҳәм қолқаплардан пайдаланыўы, аралықты сақлаўы, сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның  дене ыссылығын өлшеп,  37°С ҳәм оннан жоқары болған, инфекция белгилери бар және медициналық нықапта болмаған жағдайларда буйым базарлары аймағына киргизбеў илажларын көриўи талап етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги