Быйылғы жылы зыянлы шегирткелердиң Өзбекстан аймағына кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде орынларда 597,9 мың гектарлық жерде химиялық ислеў бериў илажлары өткерилиўи жобаластырылған. Бул ҳаққында ӨзР Айрықша жағдайлар министрлиги хабар берди.

 

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан бойынша 327,4 мың гектарлық жерде зыянлы шегирткелер тарқалғаны анықланған. Соннан 309,6 мың гектарлық жерде химиялық ислеў бериў жумыслары алып барылған. Соның менен бирге, жергиликли бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан ҳәзирги ўақытқа шекем зыянлы шегирткелерге қарсы 397 мың гектарлық майданға ислеў бериў илажларын өткериўди тәмийинлейтуғын химиялық қураллар қоры жаратылған.

 

Бундай илажларға 500 ден аслам арнаўлы техникалар ҳәм 700 ден аслам хызметкерлер қатнаспақта.

 

Шегирткелерге қарсы гүресиўде қоңсылас Қазақстан, Түркменстан ҳәм Қырғызстан сыяқлы еллердиң тийисли тараў қәнигелери менен тығыз байланыслар орнатылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.