Жаз мәўсиминде музқаймақ жеў көбейеди. Ыссылықты басатуғын бул өним пайдалы болса да, оны пайдаланыўда қәўипсизлик нормаларына әмел етпеў, инсан саламатлығына байланыслы кеўилсиз жағдайларды келтирип шығарыўы мүмкин. Демек, қәўипсизлик нормалары:

– Үлкен жастағы инсанлар ҳәптесине екеўден аслам музқаймақ жемеўи усыныс етиледи. Усы өнимниң нормадан артығы фарингит, ангина, ларингит, риносунусит ҳәм басқа да кеселликлерге алып келиўи мүмкин.

– Музқаймақты ыссы шай менен бирге пайдаланса, тамақ аўырыўының алды алынады.

– Музқаймақты кондиционер қосылған суўық ханада жеў усыныс етилмейди.

– Тислердиң тамыры ҳәм милклерин аязлатып қоймаў ушын музқаймақты әсте-ақырын, аз-аздан жеў керек.

– Балаларға музқаймақтың әдеттеги нормасынан ярымын, 4 жастан баслап арнаўлы сорпа кеседе ериткен ҳалда бериў мүмкин.

Бул ҳаққында «Өзбеказықаўқатхолдинг» өзиниң телеграмм каналында хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги