Елимизде исбилерменлик пенен шуғылланып, үлкен жетискенликлерге ерисип киятырған ҳаял-қызларымыз көп. Солардың бири тахтакөпирли Улбосын Аннабаева. Ол ӨзЛиДеП белсендиси, 2005-жылы «Рано шебер» тигиўшилик цехын ашып исбилерменлик жумысын баслаған болса, ҳәзирги күнде «Барно текстиль плюс» ЖШЖға басшылық етип келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм басқалар усы исбилерменлик субъектинде болды. Кәрхана жумысы менен танысып, пандемия дәўириндеги машқалаларына шешим табыўға жәрдем бериў мақсетинде ушырасыў өткерди.

– Кәрхана өткен жылдың октябрь айынан баслап жумыс баслады. Пандемия себепли карантин қағыйдаларының басқышпа-басқыш жумсартылыўы себепли ҳәзирги күнде жумысымызды және баслап атырмыз,-дейди кәрхана баслығы У.Аннабаева. – Ҳәзирги күнде кәрханамызда 40 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Жумысшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Кәрханада трикотаж өнимлери тигилмекте. Карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда жумыс алып барылмақта.

Ушырасыўда пандемияға байланыслы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер бойынша түсиниклер берилди. Кәрханадағы ҳаял-қызлар менен сәўбетлесиў өткерилип, машқалалары үйренилди, пикир-усыныслары тыңланды. Ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмайтуғынлығы атап өтилип, орынланыўы бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги