Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Халық билимлендириў министрлиги, БМШ тың ЮНИСЕФ қорының Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен улыўма билим бериў мектеплериниң 6-11-класс оқыўшылары арасында усы жылдың апрель ZOOM бағдарламасы тийкарында онлайн тәризде «Не деп ойлайсыз… ?» сүрени астында шығармалар таңлаўы жәрияланған еди.

-Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, карантин дәўиринде оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың дөретиўшилик қәбилети менен әмелий көнликпелерин жүзеге шығарыўы ушын имканият жаратыўдан ибарат,-дейди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Илесбай Қунназаров.-Соның менен бирге, саўатлылықты арттырыў, ең тийкарғысы, қәбилетли жасларды излеп табыў ҳәм оларды хошаметлеўден ибарат.

Таңлаўға Өзбекстан бойынша 6691, Қарақалпақстан Республикасынан 257 оқыўшы қатнасқан болса, соннан Хожели районынан үш оқыўшы белсене қатнасқаны ушын сыйлықланды.

Атап айтқанда, райондағы 33-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Жазира Кеңесбаева, усы райондағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы оқыўшысы Айгерим Джумабаева билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған болса, усы райондағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Назокат Машарипова шығырмалар таңлаўында екинши орынды ийелеп, оған «Электрон китап» саўға етилди.

Елимизде жәрияланған карантин илажларына қарамастан таңлаўға белсене қатнасқан оқыўшыларға ҳәм олардың устазлары менен ата-аналарына миннетдаршылық билдиремиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.