Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы жәми 725 улыӯма орта билим бериӯ мектеби,  Мехрибанлық үйи ҳәм 18 Бәркамал әўлад  балалар орайлары бар. 2019-2020-оқыӯ жылы да жуӯмақланбақта. Әлбетте, жуӯмақланып атырған оқыӯ жылы халық билимлендириӯ тараӯында әҳмийетли жаңалықларға, жетискенликлерге, оқыӯшыларымыздың түрли таңлаӯ ҳәм жарысларда табысларға бай болды десек, асыра айтқан болмаймыз. Елимизге коронавирус пандемиясының кирип келиӯи ҳәм оның алдын алыӯ мақсетинде, усы жылдың 16-март сәнесинен баслап, улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде де оқыӯ ӯақтынша тоқтатылды. 30-март сәнесинен баслап, оқыӯ жылының IV шерегиниң басланыӯы мүнәсибети менен улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде билим бериӯ өзбек ҳәм рус тиллеринде алып барылатуғын класслар ушын телесабақлар Миллий телерадиокомпаниясының 3 каналы (National Geography Wild, Eurosport ҳәм Охота и рыбалка) арқалы эфирге узатыў жолға қойылған болса, Қарақалпақстан Республикасында билим бериў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын класслар ушын Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының  телеканалы арқалы ҳәр күни телесабақлар эфир арқалы узатылды. Бүгинги күнге шекем «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы тәжирийбели пән методистлери ҳәм муғаллимлери тәрепинен 600 ге жақын телесабақлар сүӯретке алынып, эфирге узатылыӯы тәмийинленип атырған болса, Нөкистиң «Жаслар» телеканалы арқалы тәкирар түрде эфирге берилиӯи жолға қойылған. Министрлик тәрепинен «kk_online mektep» телеграм каналы ашылған болып, онда барлық сүӯретке алынған телесабақлар өз ӯақтында усы канал арқалы 1-11-класс оқыӯшыларына жеткерилиӯи тәмийинленип барылды ҳәм буннан муғаллимлермизде пайдаланып барыӯы жолға қойылды.

Телесабақларларды эфирге таярлаӯ барысында улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринен ең тәжирийбели пән муғаллимлери таңланып алынып, 138 пән муғаллими ҳәм 11 сурдопедагог белсене қатнасты. Телесабақларды эфирге узатыӯда, ең әӯеле, усы процессти шөлкемлестириӯде бизди қоллап-қуӯатлаған Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының дөретиӯшилик жәмәәтине көп санлы оқыӯшылар ҳәм ата-аналардың атынан шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Соны да айтып өтиӯ орынлы, телесабақларды сүӯретке алыӯда қысқа мүддетте кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бул әмелият биринши мәртебе болғанлығы себепли муғаллимлеримиз телесабақлар өтиӯ көнликпесине, яғный жетерли тәжирийбеге ийе емес еди. Деген менен, орын алған кемшиликлерден өз ўақтында жуўмақ шығарып, күткен нәтийжелерге еристик деп ойлаймыз ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң үзликсизлиги толық тәмийнленгенлиги бул бизиң жетсикенлигимиз болып есапланады.

Сондай-ақ, министрлик тәрепинен эфирге берилген телесабақлар туӯралы усыныс ҳәм пикирлер алыӯ ушын социаллық тармақта арнаӯлы телеграм бети ашылды. Онда келип түскен пикир-усынысларды қәнигелер менен үйренилип шығылды ҳәмде телесабақлардың сапасын күннен күнге жақсылаӯ илажлары көрилип барылды.

Соныӊ менен бирге, билимлендириӯ мекемелеринде пән муғаллимлери карантин дәӯиринде оқыӯшылар менен аралықтан (онлайн түрде) ислесиӯин тәмийинлеӯ мақсетинде, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде «Методикалық усыныс» ислеп шығылып, бәрше улыӯма орта билим бериӯ мектеплерине жеткерилди.

Республика арнаӯлы комиссиясының қарарына муӯапық, халық билимлендириӯ тараӯындағы мәкемелеринде 2019-2020-оқыӯ жылы «Онлайн мектеп» жойбары тийкарында шөлкемлестирилген аралықтан телесабақлар арқалы жуӯмақлаӯ белгиленген. Яғный, Президентимиз тәрепинен карантин ӯақтында халыққа илажы барынша қолайлықлар жаратыӯ бойынша белгиленген ӯазыйпаны әмелге асырыӯ ҳәмде көпшилик ата-аналардың тилеклерине бола, бул оқыӯ жылындағы жуӯмақлаӯшы имтиханлар бийкар етилди.

Мектеплерде оқыӯшылардың жыллық баҳаларын алдыңғы  3 шеректеги баҳалары негизинде шығарыӯ режелестирилди. Усы орында эфирге берилип барылған телесабақлар арқалы перзентлери менен сабақ таярлаған бәрше ата-аналарға да өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Мағлыумат ушын айтып өтсем: «online-maktab» жойбарына қатнасқан тәжрийбели пән оқытыўшылары ҳәм сурдопедагогларға тийкарғы ис ҳақысынан  тысқары қосымша ис ҳақы төленип барылды.

2019-2020-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класын 27 329 оқыўшы хәм де 11-классты 24 913 оқыўшы питкерип шығады. Бул питкериўшилер ушын аттестат ҳәм шаҳодатнамаларға  Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине буйрытпалар берилди.

Айырым оқыӯшылар ҳәм ата-аналарда сораӯ туӯылыӯы тәбийий, яғный, оқыӯ жылы жуӯмақланғаннан соң, оқыӯшылардан сабақлықлар қайтарылып алынама? -Оқыӯшыларға сабақлықлар “Улыӯма билим бериӯ мектеплерин сабақлықлар ҳәм оқыӯ-методикалық қолланбалар менен тәмийинлеӯ тәртиби ҳаққында»ғы нызам тийкарында ижараға берилген. Ҳәзирги жағдайдан келип шығып, сабақлықлар карантин дәӯири жуӯмақланғаннан соң, оқыӯшылар тәрепинен китапханаға қайтарып бериледи. Соныда еслетип өткен болар едим, мектеп питкериӯшилерине аттестат нусқалары ҳәм мағлыӯматлар  онлайн түрде бериледи.

Сондай-ақ, оқыӯшылардың жазғы дем алысы дәӯириндеги бос ӯақытларын мазмунлы өткериӯ мақсетинде, телесабақлар берилетуғын  3 канал арқалы «online-maktab», «online-to’garak» ҳәмде «online-kasbiy rivojlantirish» жойбарларын әмелге асырыӯ ҳәмде бул бойынша республикалық дөретиӯшилик топарын қәлиплестириӯ  режелестирилген. Яғный, усы жылдың июнь айынан баслап «online-to’garak» ҳәм «online-kasbiy rivojlantirish» жойбарлары эфирге бериле баслайды. Бунда «online-to’garak» жойбарында оқыӯшыларға инглис тили, техникалық дөретиӯшилик, музыка ҳәм  басқа да дөгереклер бойынша видеосабақлар бериледи. Ал, «online-kasbiy rivojlantirish» жойбарында болса, пән оқытыӯшыларын жаңа оқыӯ жылына таярлаӯ мақсетинде олар ушын қысқа мүддетли курслар берилип барылады. Усы жылдың июль-август айлары даӯамында 2020-2021-оқыӯ жылы ушын улыӯма билим бериӯ мектеплериниң 1-классына республикамыз бойынша 37 335 оқыӯшыны орнатылған тәртипте қабыллаӯ нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиздиң ертеңги келешегин жаслар қурайды. Солай екен, бүгинги күнде пандемия дәӯирине қарамастан, Президентимиздиң басламасы менен билимлендириӯ тараӯында да басқышпа-басқыш жаңаланыӯлар, өзгерислер әмелге асырылмақта. Әлбетте, буннан гөзленген мақсет – оқытыӯшыларымыздың заман талабына сай билимли болыӯы, камал таӯып атырған перзентлеримиздиң келешеги жарқын болыӯына тийкар жаратады.

 

 А.Аяпов,

Қарақалпақстан Республикасы

Халық билимлендириў министри

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги