Қуйи Амударё давлат биосфера резервати ҳақида нималарни биласиз?

Қарақалпақстан Республикасы Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларының аймағында жайласқан. Қорықхана, буфер және аралық аймақларды өз ишине алған ҳәм бул жер жәми 68717,8 гектарды қурайды.

Қорықхана қатаң тәртипте қорғалатуғын тәбийғый аймақ есапланып, ол илимий изертлеўлер ҳәм мониторинг алып барыўға мөлшерленген. Оның аймағында ҳәр қандай түрдеги хожалық жумысын алып барыў қадаған етилген.

Мәмлекетлик биосфера резерватында ҳәзирги ўақытта 32 хызметкер жумыс алып бармақта. Қәнигелердиң атап өтиўинше, мәмлекетлик биосфера резерваты аймағындағы бир қанша өсимликлер, қуслар, балықлардың түрлери Өзбекстан «Қызыл китабы»на киргизилген. Буннан тысқары, усы биосфера резерватында жәнликлердиң 1 мың 124 түри ушырасады.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, студентлери менен биргеликте Бухара суўынларының популяциясы, биосфера резерваты этнемофаунасы, аймақтағы өсимликлердиң мониторинги бойынша турақлы илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, тәбиятқа зыян жеткермеў бойынша фермер хожалықлар, кәрхана ҳәм шөлкемлерде және халық арасында үгит-нәсиятлаў жумысларын өткериў жолға қойылған.

photo_2020-05-20_14-56-46.jpg

photo_2020-05-20_14-56-47.jpg

photo_2020-05-20_14-56-59.jpg

photo_2020-05-20_14-56-48.jpg

 

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери, ӨзА