Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, Республика арнаўлы комиссиясының 2020-жыл 30-апрельдеги мәжилис протоколына муўапық, айрықша тапсырма боламан дегенше жүк автотранспорт қуралларының ҳәрекети тек ғана төмендеги мәмлекетлик шегара өткериў пунктлери арқалы әмелге асырылыўы белгиленди:

– Аўғанстан Ислам Республикасы менен – «Термиз»;

– Түркменстан Республикасы менен – «Олот»;

– Тәжикстан Республикасы менен – «Саросиё», «Ойбек» ҳәм «Плотина»;

– Қырғызстан Республикасы менен «Дўстлик», «Ўзбекистон», «Водил», «Чашма» ҳәм «Оқ қия»;

– Қазақстан Республикасы менен – «Даўыт ата», «Гүлистан», «Яллама», «Занги ота» ҳәм «Ташкент».

Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы күшейтилген тәртип дәўиринде Өзбекстан Республикасы аймағында автомобильде халықаралық жүк тасыўды әмелге асырыўдың ўақытша тәртиби тастыйықланды.

2020-жылдың 30-апрелинен республика аймағына кирип келип атырған барлық жүк автотранспорт қуралларының айдаўшыларынан коронавирус инфекциясына тест анализлериниң алыныўы ҳәм кеселлик анықланбаған жағдайда ҳәрекетти даўам еттириўге рухсат бериў әмелияты енгизилди.

Бунда, халықаралық тасыўларды әмелге асыратуғын айдаўшылар тек ғана арнаўлы комбинезон, бир мәртелик қорғаныў нықаплары ҳәм қолқаплардан пайдаланғанда ғана ҳәрекетти даўам еттириўи мүмкин екенлиги белгиленди.

Енди шегараға ең жақын жерлерде (тест тапсырыў ҳәм нәтийжесине шекем күтип турыў ушын) арнаўлы автомобиль туратуғын орынлар, сондай-ақ, экспортқа жүк алыў ушын күтиўге мөлшерленген автомобиль туратуғын орынлар шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен автотранспорт қуралларының ҳәрекет етиўи, тоқтап турыўы (автомобиль туратуғын орын, техникалық ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў ҳ.т.б), азық-аўқатларды сатып алыў мүмкин болған жерлер көрсетилген жөнелислер сызылмасы ислеп шығылды.

Еки ай мүддетте халықаралық автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўин бақлаў системасын (GPS-трекер) енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийисли усыныслар бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.