Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы өсимликлер  карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен елимизде аўыл-хожалығы өнимлериниң фитосанитариялық тазалығын тәмийинлеў, сондай-ақ, зыянкеслерге қарсы ғалаба гүресиўди шөлкемлестириў мақсетинде усы  жылдың 5-20-май күнлери зыянкеслерге қарсы гүресиў бойынша  «Әҳмийетли  он бес күнлик» жәрияланды.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер  карантини аймақлық инспекциясының мағлыўматларына қарағанда, 5-11-май күнлери аралығында агроном-инспекторлар тәрепинен 77 мәрте атыз бақлаўы өткерилип, 223 гектарлық бағларда карантин илажлары әмелге асырылған. Сондай-ақ, қоймаханаларда 12, ыссыханаларда 19 мәрте бақлаў илажлары алып барылды.

– Биз  агроном-инспекторлар бул карантин илажлары даўамында   дийқан-фермерлерге ҳәм үй алды қыйтақ жер ийелерине өсимликлерди зыянлы  организмлерден қорғаў бойынша мәсләҳәтлеримизди берип  атырмыз,-дейди Қанлыкөл районы агроном-инспекторы Мурат Ильясов. – Cебеби, аўыл хожалығында агротехникалық илажлар өз ўақтында алып барылмаса пүткил өним зыянланып, набыт болыўына алып келеди. Сонлықтан, өсимликлердиң зыянкеслерине қарсы гүресиў илажларын  кешиктирмей, өз ўақтында алып барыў талап етиледи.

Мәселен, алма қуртына қарсы гүресиў илажлары алып  барылмаса, өнимниң 50, ҳәтте 70 процентинен айрылып қалыўымыз мүмкин.

Феромон  тутқышларда зыянкеслер анықланса, дәрҳәл оларға қарсы  дәслеп  биологиялық усылда, яғный, зыянкеслерге қарсы тири организмлерди  ушырыў жолы менен қарсы гүресиў зәрүр. Ол өз нәтийжесин бермесе, химиялық усылдан пайдалыў керек.

Зыянлы организмлерге қарсы гүресиў илажлары өсимликлердиң  сапасын  сақлап  қалыўға, сондай-ақ,  карантин  объектлериниң ҳәм басқа да  зыянкеслердиң екинши бир аймақларға тарқалыўының алдын алыўға хызмет етеди.

Егер сиз өзиңиздиң бағыңызда яки үй алды қыйтақ жериңизде  жетистирип атырған өнимлериңизде зыянланыў жағдайларын көрсеңиз, бизиң (61) 223-94-04 исеним телефон номеримизге яки  Uzdavkarantin.uz бот  каналымызға мүрәжат етиўиңизди сораймыз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги