ДЫҚҚАТ, КАРАНТИН

Усы жылдың  6-май күни карантин илажлары ўақтында көшеде мәс ҳалында жүрип, пуқаралардың тынышлығын бузған еки пуқараға ҳәкимшилик қамақ, бир пуқараға жәрийма жазасы қолланылды.

Бул ҳаққында  Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судының баслығы Амангелди Салиев мәлим етти.

Елимизде карантин илажлары даўам етип атырғанлығына қарамастан усы пуқаралардан бири өзиниң туўылған күнин белгилеўди мақсет етти. Кәсиплеслер туўылған күн ийесине жақсы тилеклер айтып, алкоголли ишимлик пенен зыяпат қурды.

Буннан кейин үшеўи көшеге мәс ҳалында нықапсыз шығып, адамлардың тынышлығын бузды. Тәртипке шақырыўға келген ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң нызамлы талапларына бойсынбай, қарсылық көрсетти. Олардың биреўи ҳаял екенлиги өкинишли.

Бул бойынша рәсмийлестирилген ҳүжжетлер жақында Нөкис қалалық Ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьялары менен еки пуқараның ҳәр бирине 10 суткадан қамақ жазасы, бир пуқараға (ҳаял) базалық есаплаў муғдарының 5 есеси, яғный, 1 миллион  115 мың сум муғдарында жәрийма жазасы белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.