Махаш Балмағамбетов

73-атқышлар дивизиясының 2-рота бөлимшесиниң командири, сержант М.Балмағамбетов өз бөлимшеси менен Днепрдың оң жағалығындағы Бородаевка аўылының қасында жаўынгерлик позицияны беккем услап турды. Ол 20 фашистти набыт етти, 16 сын тутқынға алды. Саўашта көрсеткен ерлиги ҳәм батырлығы ушын оған 1944-жылы 22-февральда Советлер Аўқамының Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 


Жуман Қарақулов (қарақалпақтың «Матросовы»)

Жуман Қарақулов 327-Севастополь атқышлар полкында әскерий ўазыйпаны орынлап, оқты қардай боратып турған душпан пулемётына өзин таслап, жолдасларының жеңисин тәмийинледи ҳәм Александр Матросовтың ерлигин тәкирарлады. Жуман Қарақуловтың мәртлиги жоқары баҳаланып, 1945-жыл 24-мартта Советлер Аўқамының Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.

 

Топлаған: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.