Адамзат тарийхындағы ең көп бүлгиншиликке алып келген, миллионлаған адамлардың дастығын қурытқан Екинши жер жүзилик урыс сол дәўирде халқы аз санлы болған Қарақалпақстан ушын да орны толмас жоғалтыўларға алып келди.

 

Мағлыўматларға қарағанда, сол дәўирде Қарақалпақстан халқының саны 476 мың адам болған болса, урысқа 66 мыңнан аслам қарақалпақстанлы мәрт азаматлар мобилизацияланған.

1941-жылы қурамында 4300 ге шамалас қарақалпақстанлы болған 97-қарақалпақ атқышлар бригадасы дүзилди. Бул бригаданың батальонлары Москва ҳәм Сталинград босағасындағы ҳәм басқа да саўашларда қатнасты.

 

1941-1945-жыллар аралығында фронтқа атланған қарақалпақстанлы азаматлардың 20 дан асламы Қаҳарман, 6 жаўынгер болса I, II, III дәрежели «Даңқ» орденлерин алыўға еристи.

 

Сондай-ақ, көплеген жерлеслеримиз Украина, Чехословакия, Венгрия, Румыния, Польша, Югославия сыяқлы еллерди ҳәм Берлинди душпанлардан азат етиўге қатнасқаны ушын сыйлықланған.

Тарийхшылар С.Камалов ҳәм Қ.Сарыбаевлардың китапларынан Ислам Матеков жазып алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.