ЕСЛЕЎ ҲӘМ ҚӘДИРЛЕЎ КҮНИ АЛДЫНАН

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан Нөкис қаласында жасаўшы, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Қәдирбай Нармановтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Ветеранды 9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң  75 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

 

 

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң усы жыл 30-марттағы «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында бүгин де қатарымызда турып Ўатанның абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў, урыс қатнасыўшыларын ҳәм майыпларды материаллық хошаметлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Усы пәрманға муўапық ветеранға 10 000 000 (он миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, Өзбекстан Республикасының ҳәм Россия Федерациясының «1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң  75 жыллығы» медальлары, «Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлеси» атлы китап-альбомы, «Өзбекстанлы Екинши жер жүзилик урыс қаҳарманлары» атлы китап ҳәм естелик саўғасы тапсырылды. Сондай-ақ, урыс қатнасыўшысына Арқа-батыс әскерий округи, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы, Нөкис қаласы ҳәкимлиги атынан саўғалар берилди.

 

-Биз урыс ветеранларына көрсетип атырған бундай айрықша ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз,-дейди Қәдирбай Нарманов- Аспанымыз ашық, турмысымыз буннан да абат, перзентлеримиз бахытлы болсын. Халқымыз бүгинги қыйыншылықларды да жеңип шығады деген үмиттемен.

 

 

 

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының мәртлиги ҳеш қашан умытылмайды. Олардың өмир ҳәм мийнет жолы келешек әўладқа өрнек болып қала береди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери