КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ

Усы жыл 7-май күни кешқурын Жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясынан толық саўалып шыққан 14 пуқара Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўаплы хызметкерлериниң қатнасында реабилитацияға жиберилди.

Бүгинги күнге шекем коронавирус инфекциясынан 87 пуқара толық саўалып шыққан болса, олардың саны 101 пуқараға жетти. Емленип шыққан пуқаралар коронавирусқа шалынған наўқасларға көрсетилип атырған итибар және ғамқорлық, емлеўханада жаратылған шараятлар ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

-Емлеўханаға келген күнимде жүре алмайтуғын едим,-деди емленип шыққан пуқаралардан бири.– Ҳәр қандай кеселликтен саўалып шығыў ушын биринши гезекте инсанда исеним болыўы керек. Бүгинги күни елимиз пуқараларында бундай исеним бар. Президентимиздиң басшылығында ҳәзирги сынаўлы күнлерге қарамастан денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар буған тийкар болып хызмет етеди.

Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан жақын күнлерде усындай хош хабар күтип қаламыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.