9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм екинши жер жүзилик урыстағы ерисилген жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен бир қатар илажлар өткерилмекте.

7-май күни Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен «Зыярат кәрўаны» мәрипат жойбары шеңберинде екинши жер жүзилик урыс ҳәм мийнет ветеранлары Қәдирбай ата Нарманов ҳәм Назарбай ата Тәжибаевлардың шаңарақларында болды. Оларға азық-аўқат өнимлери ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Ветеранлар менен сәўбетлесиў өткерилип, урыс ҳәм оннан кейинги дәўирлердеги машақатлы өмир жоллары еске алынды.

– Бул аталарымызға қанша ҳүрмет көрсетсек те аз,-дейди партияның  Нөкис қалалық Кеңесиниң хызметкери Г.Джумагулова. – Бул басламаны партия белсендиси А.Нурымбетова менен бирге көтерип едик. Партиямыздан Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине сайланған депутатлар Ж.Өтежанов, Е.Калмурзаев, И.Шарапова, Г.Кожабаева, Г.Абибуллаевалар да бул басламаны қоллап-қуўатлап, биргеликте усындай илажларды әмелге асырып атырмыз.

Усындай илажлар елимиз бойлап даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.