9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Мине, екинши жер жүзилик урыстың тамамланғанына да 75 жыл толды. Сол  урыста қатнасқан, урыс дәўириндеги аўыр қыйыншылықларды басынан өткерген, фашизмди жеңиўге бар күш-жигерин жумсаған аталарымыз елеге шекем ел ҳүрметинде, ардақлаўда.

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, ветеран Қәдирбай ата Нарманов та солар қатарында. Ол өз үйинде ул-қызлары ҳәм елиўге шамалас ақлық-шаўлықлары арасында олардың қызығын көрип, бүгинги тыныш ҳәм бахтияр заманымызға шүкиршилик етип, ҳеш жерде ҳеш қашан урыс болмаўын, елимиздиң бахтын тилеп жасамақта.

Байрам мүнәсибети менен жәмийетлик шөлкемлерден, қоңсы-қобалардан, туўған-туўысқанлардан Қәдирбай атаға сәлем бериў, пәтиясын алыўға келген яки телефон арқалы сорасқан инсанлардың изи үзилмейди.

– Мен 1925-жылы Әмиўдәрья районындағы Қаңлы аўылында туўылдым.  1943-жылы 18 жасқа толып, мени де көпшилик қатары урысқа шақырды. Ол ўақытта ҳәзиргидей машиналар болмағанлығы ушын бизлерди дәрья арқалы паром менен алып кетти. Қатты қыйыншылық көрдик. Әскерий қурал-жарақ заводларында жумыс иследим. Урыстан кейинги жылларда да аўыр аўҳалға түсип қалған елдиң экономикасын тиклеў жумысларына қатнастым. Халқымыздың мийнеткешлиги, аўызбиршилиги барлық қыйыншылықларды жеңип өтти.

Мине, бүгин елимизде тынышлық, дарханшылық. Әсиресе соңғы жыллары Президентимиз бенен ҳүкиметимиз басшылары  бизлерди сыйлап, ҳүрмет етип, ҳеш бир елде болмаған сый-ҳүрметти көрсетпекте. Кең, жақтылы, барлық қолайлықларға ийе жай алып берди. Мәкан-пуқаралар жыйынлары басшылары, шыпакерлер де денсаўлығымнан хабар алып турыпты. Ендиги жағында ҳеш қандай урыс болмағай,-дейди Қәдирбай ата Нарманов. – Ҳәзирги қыйыншылықларды да халқымыз аўызбиршилик пенен жеңип өтеди, деп исенемен.

Байрам ҳәммеге қутлы болсын!

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.