Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 8-майдан баслап үш – «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияға киретуғын аймақлар белгиленди.

 

Биринши – «қызыл» категориядағы аймақлар – соңғы 14 күн ишинде коронавирус инфекциясына шалынған адамлар анықланған аймақлар болып, оларға төмендеги аймақлар киргизилди:

 

– Қарақалпақстан Республикасы;

– Әндижан ўәлаяты;

– Наманган ўәлаяты;

– Ферғана ўәлаяты;

– Самарқанд ўәлаяты;

– Ташкент ўәлаяты;

– Бухара ўәлаяты;

– Сырдәрья ўәлаяты.

 

Бунда «қызыл» аймақларда әмелдеги карантин шеклеўлери сақланып қалынады және жағдайға қарай қайта көрип шығылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.