Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 5-май күни болып өткен видеоселектор жыйналысында айтып өтилди, деп жазбақта Kun.uz басылымы.

 

Карантин илажлары жумсартылатуғын аймақларды белгилеў анық критериялар тийкарында баҳаланады.

 

Басылымның хабар бериўинше, Президент карантин илажлары жумсартылатуғын аймақларды белгилеўде наўқаслар саны ҳәм емлениў динамикасынан келип шығып баҳалаў кереклиги ҳаққында айтып өткен.

 

– Барлық ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери жазып алсын! Енди район, қалалар «қызыл» – жоқары дәрежеде қәўипли, «сары» – орташа дәрежеде қәўипли, «жасыл» – қәўипсиз аймақларға ажыратылады. Дағаза жазып қоямыз, «Бул аймақ қызыл» деп. Пүткил халық билсин.

Мәселен, «жасыл» статусын алған аймақ өзгерсе (кеселлик анықланса ямаса көбейсе – Kun.uz) сол жерлерде жуўапкерлер нызам алдында жуўап береди, – деп Президент айтқанларынан келтирип өткен Kun.uz хабаршысы.

 

«Қызыл» ямаса «жасыл» статусының өзгерип барыўы орынлардағы басшылардың жеке жуўапкершилигине байланыслы болады. Қай жерде карантин қағыйдаларына әмел етилмесе, санитариялық-эпидемиологиялық қағыйдалар бузылса, сол жерде жағдай аўырласыўы мүмкинлиги, буған жол қойғанлар болса нызам алдында жуўап беретуғынлығы атап өтилди.

 

Жыйналыста Қарақалпақстандағы айрым район ҳәм қалалар усы әмелиятқа мысал сыпатында көрсетилген. Атап айтқанда, Мойнақ (9 адамда) ҳәм Қоңыратта (10 адамда) кеселлик анықланған болса да, бул аймақлар «сары» аймаққа киргизиледи. Себеби, кеселлик тийкарынан карантин аймақларында анықланған болып, халық арасында бақланбаған. Нөкис қаласына болса (79 адамда вирус анықланған) «қызыл» дәрежеси бериледи.

 

Шавкат Мирзиёев жуўапкерлерге қысқа ўақытта аймақлардың карантин дәрежесин анықлаў бойынша тапсырма берди. Орынларда жағдайдың өзгериўине қарай, карантин дәрежеси де өзгерип барады.

 

Усы орында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң төмендеги мағлыўматын да келтирип өтиў орынлы.

 

2020-жыл 6-май саат 09:00 ҳалаты бойынша Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслар  улыўма 109 адамды қурайды. Соннан улыўма 87 адам улыўма емленип шыққан болып, ҳәзир емленип атырғанлар 22 адамды қурамақта.

 

Емленип атырғанлардан:

 

16 адам Нөкис қаласынан (улыўма емленип шыққанлар – 63 адам);

3 адам Қоңырат районынан (улыўма емленип шыққанлар – 7 адам);

3 адам басқа ўәлаяттан (улыўма емленип шыққанлар – 4 адам) болып есапланады.

 

Коронавирус инфекциясына шалынған Мойнақ районынан улыўма 9 адам,

Кегейли районынан 1 адам ҳәм Қанлыкөл районынан 3 адам кеселликтен пүткиллей саўалған болып, бул районларда вирус пенен наўқасланыў жағдайы басқа анықланбады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.