Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары «Өзбекстан Республикасының «Фахрий мураббий» ордени ҳаққында»ғы нызам жойбарын мақуллады.

Оған муўапық, жумысы даўамында терең билим, жоқары маман ҳәм кең ой-пикирге ийе шәкиртлерди тәрбиялаў арқалы елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, илим тараўында жас илимпазлар менен жетик қәнигелерди таярлаў, олардың үлкен табысларға ерисиўи ушын зәрүр шараятларды жаратыў жумысларына мүнәсип үлес қосқан ўатанласымыз «Фахрий мураббий» ордени менен сыйлықланыўы белгиленбекте.

Сырт ел пуқаралары және пуқаралығы болмаған шахслар да усы орден менен сыйлықланыўы мүмкин.

 

ӨзА