Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Сүўретлеў өнери ҳәм технологиялық тәлим факультетинде «Жаслар пәрўазы» атамасындағы көргизбе шөлкемлестирилди,-деп хабар бермекте институт баспасөз хызмети хаткери И.Мәтеков.

Көргизбеден сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавр тәлим бағдары студентлери, сондай-ақ, сүўретлеў өнери ҳәм әмелий безеў өнери магистратура қәнигелигинде оқып атырған магистрантлардың дөретиўшилик жумыслары орын алды.

Илаждың ашылыў мәресиминде институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Р.Ешмуратов, факультет деканы Ж.Дәрменов ҳәм басқалар ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған бул көргизбени шөлкемлестириўден баслы мақсет, жаслар тәрепинен исленген дөретиўшилик жумысларды кең жәмийетшиликке таныстырыўдан ибарат екенлигин атап өтти.

Көргизбеге қойылған жумыслар 2023-2024-оқыў жылында орынланған болып, тийкарынан майлы ҳәм акварель бояўда исленген. Жанрлық өзгешелиги бойынша пейзаж, натюрморт, портрет жанрлары орын ийелейди.

Сондай-ақ, ҳәр қыйлы жанрдағы картиналар менен биргеликте заманагөй санлы технологиялар жәрдеминде исленген дөретиўшилик жумыслары және әмелий безеў өнери бойынша ҳәр қыйлы буйымлар, дизайн бағдарында бәҳәр мәўсимине арналған романтикалық стильдеги, заманагөй дизайндағы кийимлердиң де көргизбеге қойылғанлығы илаж қатнасыўшыларының дыққатын өзине қаратты.



Илаж шеңберинде сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавр тәлим бағдары студентлери арасында натюрморт ислеў бойынша таңлаў өткерилди.

Көргизбени шөлкемлестириўге айрықша үлес қосқан жасларға институт ректораты тәрепинен ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги