Пайтахтымыздағы «Hilton Tashkent City» мийманханасында Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Қазақстан энергетика министрлериниң екинши ушырасыўы болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов, Қазақстан Республикасы энергетика министри Алмасадам Саткалиев, Әзербайжан Республикасы энергетика министри Парвиз Шаҳбозов ҳәм басқалар «Өзбекстан – Қазақстан – Әзербайжан энергетика системаларын өз-ара байланыстырыў жойбары («Жасыл коридор»)»ның әҳмийети ҳәм оның келешекте әмелий нәтийже ийелейтуғынын атап өтти.

Ушырасыўда «Өзбекстан – Қазақстан – Әзербайжан энергетика системаларын өз-ара байланыстырыў жойбары («Жасыл коридор»)» усынылды. Онда тәреплер Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Өзбекстан энергетика тармақларын өз-ара байланыстырыў арқалы регионда ислеп шығарылған жасыл энергияны Европаға экспорт етиў жойбарын дәслепки техникалық-экономикалық тийкарландырыўдың техникалық шәртлерин тастыйықлаў, жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын көрип шығыў, жойбар бойынша мәмлекетлераралық келисим жойбарын таярлаў сыяқлы мәселелерге итибар қаратты.

Өзбекстан Республикасы энергетика министриниң орынбасары Умид Мамадаминовтың мағлыўмат бериўинше, бул жойбар ҳәр тәреплеме жақсы нәтийже береди.

















– Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери арасында тарийхый ҳүжжетке қол қойылды. Жойбарда Өзбекстан ҳәм Қазақстан аймақларында қуяш ҳәм самал энергиясынан ислеп шығарылған электр энергиясын Европаға сатыў бойынша инфраструктураны әмелге асырыў нәзерде тутылған. Өзбекстанда альтернатив энергияны ислеп шығарыў бойынша үлкен имканиятлар бар. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы, сондай-ақ, Хорезм, Бухара сыяқлы ўәлаятлар «жасыл» энергия ислеп шығарыўға сәйкес аймақлар болып есапланады. Соннан келип шығып, келешекте тийкарғы базарымыз Европа болады, деп айтыўымыз мүмкин. Буның ушын жаңа технологияларды қолланған ҳалда инфраструктура жаратыў нәзерде тутылмақта. Илажда Қазақстан, Әзербайжан ҳәм Өзбекстан мәмлекетлери биргеликте Каспий теңизи арқалы Грузия ҳәм Европаға электр энергиясын экспорт етиў мәселеси көрип шығылды. Ҳәзирги ўақытта жойбарды енгизиў бойынша техникалық шәртлер ислеп шығылған. Келешекте бул жойбар Орайлық Азия ҳәм Европаны байланыстырыўшы инфраструктураны пайда етеди – деди У.Мамадаминов.

Ушырасыў шеңберинде Әзербайжан Республикасы энергетика министриниң орынбасары Орхан Зейналов тәреплер арасындағы усы бирге ислесиўге тоқтап өтти.

– Бәринен бурын, бул ушырасыўдың әҳмийетин атап өтпекшимен. Бул өткен жылдың ноябрь айында Бакуде болып өткен ушырасыўдың даўамы болып, ол Әзербайжан, Өзбекстан ҳәм Қазақстан энергетика министрлериниң екинши мәжилиси болып есапланады. Бул жойбар Әзербайжан, Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳәм келешекте үшинши мәмлекетлер ҳәм басқа регионлардың энергетика системаларын байланыстырыў бойынша басқа жойбарларымыздың логикалық даўамы болып есапланады. Биз бул бағдарда келисип алдық ҳәм министрлер жойбарды ислеп шығыў бойынша техникалық тапсырмаларды тастыйықлады.

Техникалық тапсырмалар жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыўды нәзерде тутады ҳәм усы айда дүзилген биргеликтеги жумысшы топар шеңберинде әмелий қәдемлер тасланыўы керек. Министрлер биргеликтеги жумысшы топарға мәсләҳәтши жәрдеминде техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў бойынша кең ўәкилликлер берди. Ҳүкиметлераралық келисим жойбары үстинде де жумыс басланады. Ҳүкиметлераралық келисим бул жойбардың барлық элементлерин, соның ишинде, тәреплердиң коммерциялық, финанслық ҳәм басқа да миннетлемелерин, сондай-ақ, инфраструктураны раўажландырыўға байланыслы басқа мәселелерди де өз ишине алады, – деди О.Зейналов.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер арасында жойбарды әмелге асырыў бойынша тийисли ҳүжжетлерге қол қойылды.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы