Россиялы шыпакер-гастроэнтеролог Дарья Утюмованың айтыўынша, инсан организми ушын палыз өнимлери арасында ең зыянлы түри -картошка. Оның қанда глюкоза муғдарын кескин  арттырыўы организмде унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

Барлық гәп картошканың гликемик индекси жоқары болыўында, ол қанда глюкоза дәрежесин кескин арттырады, ақыбетинде асқазан асты бези қосымша инсулин ислеп шығарып, организмде артықша май топланыў процеси басланады.

Сол себепли қантлы диабетке шатылған ҳәм артықша салмақтағы адамларға картошканы пайдаланыўды  азайтыў усыныс етиледи.

Шыпакердиң айтыўынша  гликемик индекси картошканың қандай писирилиўине қарап өзгереди — мәселен, картошка пюресинде жоқары, қабығы менен қайнатып писирилген яки духовкада таярланған картошкада төменирек болады—деп жазады  xabar.uz

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги