Соңғы жыллары дүнья бойлап онкологиялық кеселликлердиң көбейип баратырғаны усы тараўға айрықша итибар қаратыўды талап етпекте.

Пайтахтымызда жайласқан Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында Өзбекстан « Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қаласы Кеңеси менен биргеликте «Халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасына заманагөй-мәлимлеме коммуникация техногогияларын енгизиў» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажға Өзбекстан «Адолат» СПД Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Төрешова, партияның Нөкис қалалық Кеңеси баслығының Б.Машарипова ҳәм орайдың медицина хызметкерлери қатнасты.

Илаж даўамында шөлкемлестириўшилер медициналық орайдың  хызмети менен жақыннан танысып,  тараў ўәкиллерин қыйнап киятырған машқалалар ҳәм кемшиликлер талқыланды. Соның менен бирге, Ш.Төрешова ушырасыў даўамында партиямыз элоктратының көпшилик бөлегин  қурайтуғын медицина хызметкерлерин  социаллық жақтан қорғаў, халықтың медициналық мәдениятын арттырыў ҳәм тараўға заманагөй технологияларды енгизиў бойынша сөзге етип, бул бойынша денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында  өз мүнәсибетин билдирип өтти.

Илаж соңында орайдың бир қатар медицина хызметкерлери Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси қатарына қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги