Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Халықаралық шаңарақ күни” не бағышланған салтианатлы мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Бирлескен Миллетлер Шѳлкеми Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-сентябрьдеги резолюциясы менен 15-май – “Халықаралық шаңарақ күни” деп жәрияланып, соннан берли бул сәне ҳәр жылы дүнья еллеринде халықаралық байрам сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.

Әлбетте, бундағы тийкарғы мақсет – мәмлекет ҳәм жәмийетшиликтиң итибарын шаңарақлық қәдириятларға ҳәм шаңарақ институты менен байланыслы машқалаларға қаратыўдан ибарат болып есапланады.

Президентимиздиң 2018-жыл 27-июньдағы арнаўлы қарары тийкарында Шаңарақ институтын беккемлеў концепциясының тастыйықланғаны елимизде бул бағдардағы илажларды жаңа басқышларға кѳтергенин айрықша атап ѳтсек болады.

Ҳақыйқатында да, халқымыз әзелден шаңарақты Ўатан ишиндеги Ўатан, жәмийетимиздиң тийкарғы буўыны, миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген муқаддес дәргай сыпатында айрықша қәдирлеп ҳәм қәстерлеп келген. Ѳйткени, барлық ийгиликли ислер шаңарақтан басланып, оннан мәҳәллеге ҳәм жәмийетке кирип барады.

Халқымызда “Беккем шаңарақ – жәмийет таянышы”, “Саламат шаңарақ – саламат жәмийет” деген терең мәнили сѳзлер бийкарға айтылмаған. Сонлықтан-да, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында шаңарақтың жәмийетлик турмыста тутқан орнын буннан былай да  арттырыў, оны социаллық, экономикалық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў,  ѳсип киятырған жас әўладтың қәлбинде ана Ўатанға садықлық, шаңараққа деген меҳир-муҳаббат сезимлерин қәлиплестириў, шаңарақларда өз-ара аўызбиршилик, тынышлық, татыўлық ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын жəне-де күшейтиў мəселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Әсиресе, ѳткен қысқа ўақыт ишинде бул бағдарда бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени, жас шаңарақларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў жумысларының әмелге асырылғаны, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жумысының жолға қойылғаны,  кѳпшиликке ѳрнек болып киятырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Ибратлы шаңарақ” кѳкирек белгиси, сондай-ақ, “Үлгили шаңарақ” таңлаўының шѳлкемлестирилгени сѳзимизге айқын мысал болады.

Мине, булардың барлығы ең тийкарғы байлығымыз болған елимиз тынышлығын сақлаўда, халықлар дослығын, миллетлераралық татыўлықты жəне де беккемлеўде əҳмийетли орын тутпақта.

Бүгинги күнде республикамыздағы 480 мыңға шамалас шаңарақта 2 миллионнан аслам пуқара бир шаңарақтың перзентлериндей болып, тынышлық ҳәм татыўлықта абадан турмыс кеширмекте. Бул ѳз гезегинде көп миллетли халқымыздың ѳз-ара ҳүрмет ҳәм беккем аўызбиршилигиниң кѳриниси болып табылады.

Солай екен, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған бундай жоқары инсаныйлық пазыйлетлер менен қəдириятларды жасларымыздың санасына жəне де тереңирек сиңдириў, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў – бүгинги күндеги баслы ўазыйпаларымыздан саналады. Әлбетте, бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда ҳәр бириңиз бир шаңарақтың ийеси ҳәм ағзасы сыпатында ѳз белсендилигиңизди кѳрсететуғыныңызға беккем исенемиз.

Илаж соӊында бир қатар шаӊарақ ийелерине “Ибратлы шаңарақ” кѳкирек белгиси тапсырылып, “Үлгили шаңарақ” таңлаўының “Исбилермен шаӊарақ”, “Шаӊарақлық қәдириятлар сақланған шаӊарақ”, “Мийрим-шәпәәтли шаӊарақ”, “Жәмийетлик белсенди шаӊарақ”, “Спортсүйер шаӊарақ”, “Қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып атырған шаӊарақ”, “Китапқумар шаӊарақ” сыяқлы бир қатар номинациялардыӊ жеӊимпазлары сыйлықланды.

Салтанатлы мәжилис көркем өнер шеберлериниӊ концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги