Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги директорыныӊ орынбасары Саидфаррух Исломов ҳәм БАӘ Ҳүкимет ислери министрлигиниӊ тәжирийбе алмасыў жойбары басшысы Манал Бин Салем қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстанда мәмлекетлик уйымлардыӊ нәтийжелилигин баҳалаў жойбарыныӊ 2023-жылы табыслы өткерилген биринши мәўсиминиӊ жуўмағы шығарылды ҳәм бағдарламаныӊ екинши мәўсимин әмелге асырыў бойынша режелер белгилеп алынды.

Атап айтқанда, дәслепки басқышта тараў қәнигелери ҳәм экспертлерден ибарат жумысшы топарды қәлиплестириў, сайлаў категорияларын анықлаў, асессорларды таярлаў бойынша БАӘ тәрепинен методикалық жәрдем көрсетилиўине ерисилди.

Сондай-ақ, бағдарлама жеӊимпазлары ушын БАӘда стажировка шөлкемлестириў, келешекте Өзбекстанда мәмлекетлик уйымлардыӊ нәтийжелилигин баҳалаў жойбарыныӊ онлайн платформасын жаратыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Н.Абдураимова, ӨзА