14-июнь күни Көксарай резиденциясында мәмлекетимизге мәмлекетлик сапарын әмелге асырып атырған Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёлды салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекет байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Мәмлекетлик гимнлер жаӊлады.

Әскерий оркестр намалары астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырылды.

Биргеликте сүўретке түскеннен кейин тар шеӊбердеги сөйлесиўлер басланды.







ӨзА