Индонезияныӊ Өзбекстандағы Елшиси Сунарио Картадината мырзаныӊ мезгилсиз қайтыс болыўы ҳаққындағы хабарды тереӊ қайғырыў менен қабыл еттик, деп мәлимлеме береди Сыртқы ислер министрлиги.

Картадината мырза өз ўатаны ушын тынымсыз мийнет еткен, Индонезияныӊ мәплерин оғада прфессионаллық ҳәм пидайылық пенен алға қойған белгили ҳәм тәжирийбели дипломат еди. Оныӊ мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге қосқан үлеси үлкен.

Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги жәмәәти Елшиниӊ шаӊарақ ағзалары ҳәм жақынларына сондай-ақ, пүткил индонезиялы досларымызға кеўил билдиреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги