2023-жыл 8-августта “Жәҳән банкиниӊ қатнасыўында “энергетика реформалары ушын инновациялық углерод ресурсларын қолланыў” жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы Президенттиӊ қарары қабыл етилген.

Усы ҳүжжетке тийкарланып мәмлекетимизде Жәҳән банки жәрдеминде “Энергетика реформалары ушын инновациялық углерод ресурсларын қолланыў” (iCRAFT) жойбары әмелге асырылмақта.

Экономика ҳәм қаржы министрлигиниӊ мәлимлеме хызметиниӊ мәлим етиўинше, жойбар ушын Жәҳән банки тәрепинен 7,5 миллион АҚШ доллары муғдарында 1-транш қаржылары ажыратылды.

Бул қаржы “Қысқартылған эмиссияларды сатып алыў шәртнамасы” (ERPA) компоненти шеӊбериндеги реформаларды, атап айтқанда, энергия тарифлери реформасында халықтыӊ социаллық әззи қатламларына болған тәсирин жумсартыў ҳәм оларды материаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

1-транш қәрежетлери халықаралық ыссықхана газлери саўдасы симуляциясы сыпатында Өзбекстанға қайтарылатуғын ҳәм қысқартылған ыссықхана газлери эмиссиясы ушын ажыратылған грант қаржысы есапланады.

“iCRAFT” жойбары Өзбекстанда Жәҳән банки қатнасыўында әмелге асырылып атырған энергетика тараўындағы реформаларды қоллап-қуўатлаў бойынша дүньядағы биринши глобаллық баслама болып табылады. Бул жумыслардыӊ нәтийжесинде ыссықхана газлери эмиссияларын азайтыў ҳәм олардыӊ бир бөлегин халықаралық баҳаларда саўдасын жолға қойыў нәзерде тутылған.

Қарарға бола, усы ажыратылған қаржылар республиканыӊ “жасыл” экономикаға өтиў процесин жеделлестириў, ыссықхана газлериниӊ шығарылыўын мониторинг етиў системасын шөлкемлестириў, Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлиги ҳәм “Өзэнергосатыў” АЖ жумысын қоллап-қуўатлаўға қаратылады.

Сондай-ақ, энергетика тараўын тәртипке салыў ҳәм институционаллық реформаларды әмелге асырыў, қуяш панельлерин орнатып бериў арқалы социаллық қорғаўға мүтәж болған шаӊарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған пилот жойбарларды әмелге асырыў, мәмлекетте энергия нәтийжелилигин арттырыў сыяқлы илажлар қаржыландырылады.

                                                                                         Н.Зиёдуллаева,  ӨзА