Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёльдиң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, дипломатиялық байланыслар орнатылғанының 32 жыллығы ҳәм Өзбекстан-Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларының бес жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Ушырасыў ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, технологиялық ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Корея Республикасы Өзбекстанның жетекши саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўшилеринен бири екени атап өтилди. Өткен жылы товар алмасыў 2,5 миллиард долларды қурады, корейс инвестицияларының көлеми 7,5 миллиард доллардан артты. Туристлер ағымы артып бармақта. Ташкент ҳәм Сеул арасында бир ҳәптеде 10 авиа пәрўаз әмелге асырылмақта.

Бирге ислесиў потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў, ири жоқары технологиялық жойбарларды анықлаў ҳәм алға қойыў ушын жаңа шериклик моделин қәлиплестириў бойынша келисимге ерисилди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыў нәтийжели раўажланып атырғаны жоқары баҳаланды. Республикамызда Корея жетекши жоқары оқыў орынларының 4 филиалы табыслы жумыс алып бармақта. Өз гезегинде, Қубла Кореяда 11 мыңнан аслам өзбекстанлы студентлер билим алмақта.

Корея мәденияты үйи, Көп тармақлы балалар клиникасы, Ташкенттеги Сеул парки ҳәм Сеул көшеси дослық ҳәм бирге ислесиўдиң ҳақыйқый символына айланды.

Президентлер халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетин атап өтти.

Сондай-ақ, регионаллық, соның ишинде, «Орайлық Азия – Корея Республикасы» форматындағы бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Қәўипсизлик ҳәм қорғаныў тараўында, атап айтқанда, кибержынаятлар, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша тығыз байланысларды орнатыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА