Президент Шавкат Мирзиёев 16-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров естелигиниӊ ашылыў мәресиминде қатнасты, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жаӊа орын ҳәм жойбарлар менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы миллий эстрада көркем өнериниӊ тийкарын салыўшы, Өзбекстан халық артисти Ботир Зокировтыӊ естелиги ашылыўы мүнәсибети менен өткерилген илажда көркем өнер ықласбентлерин қызғын қутлықлады.
– Бүгин мәмлекетимизде үлкен қуўаныш – көркем өнер ҳәм мәденият байрамы. Саўлатлы Ташкент қаласыныӊ дәл ортасында халқымыздыӊ ардақлы перзенти, Өзбекстан халық артисти Ботир Зокировтыӊ естелигине бағышлап үлкен естелик ашылмақта. Мине, усы қуўанышлы ўақыя мүнәсибети менен сиз, әзизлерди, Ботир Зокировтыӊ жақынлары, шәкирт ҳәм ықласбентлерди, пүткил халқымызды шын жүректен қутлықлайман, – деди Президент.
Ботир Зокиров 1936-жылы қосықшылар шаӊарағында туўылып, ер жеткен. 29 жасында Өзбекстан халық артисти атағына ийе болды. 2000-жылы “ Буюк хизматлари учун” ҳәм 2001-жылы “ Эл-юрт ҳурмати” орденлери менен сыйлықланған.
Мәмлекетимиз басшысы қосықшыныӊ теӊсиз қәбилет ҳәм адамгершиликли пазыйлетлерин атап өтти.
Ботир Зокиров оғада қысқа – 49 жыл өмир көрген. Бирақ, усы жыллар даўамында өзинен рәӊбәреӊ ҳәм бай дөретиўшилик мийрас қалдырған. Оныӊ сыйқырлы даўысы мәмлекетимиздеги ҳәр бир шаӊараққа кирип барып, халқымыздыӊ қәлбинен, көркем өнеримиздиӊ алтын фондынан орын алған. Дүньяныӊ мәденият пайтахтларында өзбек көркем өнерин зор нәтийжелер менен көрсеткен.
Қосықшы 1955-жылы, әйне күшке толған ўақтында аўыр дәртке жолығады. Бир неше мәрте хирургиялық операцияларды басынан өткереди. Шыпакерлер оған қосық айтыўды қадаған етип қояды. Бирақ, ол усы аўҳалда да дөретиўшиликтен, қосық айтыўдан тоқтамайды.
Ботир Зокиров өмир бойы жаӊалыққа умтылып жасайтуғын еди. Шығыс фольклоры ҳәм заманагөй эстрада көркем өнерин үйлестирип, “Мюзик холл” дөретиўшилик топарын шөлкемлестирген, қосықшы ҳәм композитор сыпатында көплеген қәбилетли жасларға устазлық еткен. Республикамызда хызмет көрсеткен “Ялла” ансамблиниӊ шөлкемлесиўинде Ботир Зокировтыӊ хызметлери шексиз.
Уллы дөретиўшиниӊ мәӊгилик естелигин ҳүрметлеў, дөретиўшилик мийрасын үйрениў бойынша көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Президент қарары қабыл етилип, 2021-жылы Ботир Зокировтыӊ 85 жыллық туўылған күни кеӊнен белгиленди. Уллы қосықшы атындағы миллий сыйлық шөлкемлестирилди. Ол ҳаққында илимий ҳәм көркем дөретпелер, ҳүжжетли фильм ҳәм спектакльлер жаратылды. Жақында Ботир Зокировтыӊ еслеў кешеси мәмлекетимиз жәмийетшилиги ҳәм сырт мәмлекетлерден келген белгили артистлердиӊ қатнасыўында үлкен қуўаныш сыпатында өткерилди.
Ботир Зокиров билим алған Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы орналасқан көшеге оныӊ теберик аты берилди. Усы консерватория жанында Ботир Зокиров атындағы миллий эстрада көркем өнери институты қурылды. Енди бул жерде естелик орнатылыўы комплекске және де көрик бағышлайды.
– Бул естелик Ботир Зокировтыӊ ҳүрметине орнатылған символикалық белги. Ҳәзирги ўақытта Жаӊа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў жолында алып барылып атырған барлық реформаларымыз ҳәм олардыӊ әмелий нәтийжелери бул уллы дөретиўшиге еӊ мүнәсип естелик болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Ботир Зокировтыӊ дөретиўшилик феномени миллий көркем өнеримиз тарийхында пүтин бир дәўирди қурайтуғыны атап өтилди. Оныӊ бай мийрасын тереӊ үйрениў ҳәм халыққа жеткериў жумысларын даўам етиў мақсетинде Министрлер Кабинетине өз алдына қарар таярлаў тапсырылды. Онда Ташкент қаласында қосықшыныӊ мемориал музейин қурыў, эстрада көркем өнери бойынша Ботир Зокиров атындағы халықаралық таӊлаў ҳәм студентлер ушын мәмлекетлик стипендия енгизиў, көркем фильм жаратыў, Миллий эстрада симфоникалық оркестриниӊ жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпалар нәзерде тутылады.
Мәресимде Ботир Зокировтыӊ избасарлары, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери шығып сөйледи.
Буннан соӊ Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанындағы Ботир Зокиров атындағы миллий эстрада институтыныӊ жумысы менен танысты.
Бул билимлендириў орны мәмлекетимиз басшысыныӊ 2020-жыл 2-декабрьдеги қарары тийкарында Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров туўылған күниниӊ 85 жыллығы шеӊберинде шөлкемлестирилген еди. Мәдений ҳәм илимий мийрастан пайдаланып, миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыў, қәбилетли атқарыўшы ҳәм педагогларды таярлаў, заманагөй қосық ҳәм намалар жаратыў институттыӊ тийкарғы ўазыйпасы болып табылады.
Өткен жылы институт ушын 500 орынлық жаӊа имарат қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде оқыў ҳәм дөретиўшилик ушын барлық шараятлар жаратылған. Аудиториялар зәрүрли музыка үскенелери ҳәм техникалар менен тәмийинленген.
Институтта эстрада вокал көркем өнери, техноген көркем өнер, композиторлық көркем өнери, көркем өнертаныўшылық, дирижёрлық сыяқлы бағдарларда қәнигелер таярланбақта. Бүгинги күни 479 студент билим алмақта. Оларға профессор-оқытыўшылар, халық артистлери сабақ береди.
Президентимиз оқыў процесслерин бақлады, оқытыўшы ҳәм студентлер менен сәўбетлести.
– Бәринен бурын, мине усындай дәргай менен сизлерди, пүткил көркем өнерге қызығыўшы жасларымызды қутлықлайман. Биз бул жумысларды не ушын ислеп атырмыз? Көркем өнеримиздиӊ уллы мийрасын, жасларымыздыӊ нелерге уқыплы екенин дүньяға танытыў ушын. Институтқа миллий көркем өнеримизде феномен болған Ботир Зокировтыӊ атын бергенимиз де бийкарға емес. Бул жерде оныӊ мүнәсип избасарларын тәрбиялаўды, қәбилетин жүзеге шығарыўды мақсет еткенбиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Оқыў орныныӊ китапханасында сегиз мыӊнан аслам әдебият ҳәм ноталар жәмленген. Миллий эстрада бойынша илимий, әмелий ҳәм дөретиўшилик излениўлер алып барыў ушын изертлеў орайы да шөлкемлестирилген.
Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Киношылар сарайын да барып көрди.
Бул жер 2021-жылы қурамалы оӊланып, шараятлары жаӊаланды. Үлкен-киши жзаллар, жазғы кинотеатр ҳәм ханалар заманагөй үскенеленди. Бүгин бул жерде жәми 3 мыӊ тамашагөйди қабыл етиў имканияты бар.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Өзбекстан кино көркем өнери музейин көзден өткерди. Музей 1972-жылы шөлкемлестирилген болып, алдын музей-архив сыпатында жумыс алып барған. Онда елиў мыӊнан аслам тарийхый буйым, липас, сүўрет ҳәм киноленталар бар.
Енди музей Киношылар сарайына қосылып, көргизбеге қойылды. Биринши қабаттағы эспонатлар өзбек киносыныӊ тарийхы ҳәм тийкарын салыўшылары, соӊғы жыллардағы жетискенликлерге бағышланған. Екинши қабатта тарийхый фильмлердеги липаслар, белгили кинодөретиўшилердиӊ өмири ҳәм жумысы сәўлелендирилген. Әҳмийетлиси, кино көриў тилегинде келгенлер, усы тарийх пенен танысып өтеди.
Шавкат Мирзиёев усы жерде режиссёр ҳәм актёрлар, кинотаныўшылар, тараў жуўапкерлери менен сәўбетлести.
– Соӊғы жыллары миллий киномыз қайта “оянды”, десек дурыс болады. Жоқары дәрежели, заманагөй, сапалы фильмлер пайда болды. Буныӊ ушын сизлерге миннетдаршылық билдиремен. Соныӊ менен бирге, кинематографияны раўажландырыў ушын және нелер ислеўимиз керек, деген сораў мени ойландырады. Егер тарийхымызды дүньяға танытпақшы болсақ, халқымыздыӊ миллий мақтанышын көтермекши болсақ, буны биринши гезекте кино жәрдеминде әмелге асырыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сөйлесиўде Президентимиздиӊ басламасы менен ислеп шығылған “Тири тарийх” дүркининдеги фильмлердиӊ жойбары таныстырылды.
Бул 2024-2030-жылларға мөлшерленген стратегиялық бағдарлама болып, еӊ әййемги өтмишимизден баслап, жақын тарийхымызға шекемги болған оғада үлкен дәўирди қамтып алады. Дөретилежақ фильмлердиӊ темасы кеӊ ҳәм рәӊбәреӊ.
Атап айтқанда, эрамыздан алдынғы VI әсирде жасаған миллий қахарманымыз Шырақ ҳаққында, миллий мәмлекетшилигимиз тарийхында өшпейтуғын из қалдырған Алп Эр Тўнга, Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм темурийлер ҳаққында, усы ўақытқа шекем жетерли үйренилмеген шайбанийлер ҳаққында, қарақалпақ шайыры Әжинияз ҳәм басқа белгили жазыўшылар ҳаққында, уллы данышпанларымыз ҳәм миллий ғәрезсизлик гүресшилери ҳаққында гүрриӊ етилиўи нәзерде тутылған.
Жойбарда сырт елли бирге ислесиўшилер, Испания, Германия, Венгрия, Россия, Беларусь, Түркия, Япония, Қытай, Қубла Корея, Ҳиндстан, Әзербайжан, Қазақстан, Түркменстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлердиӊ кино көркем өнери шеберлери де қатнасыўы режелестирилген.
– Әлбетте, бул бағдарлама ҳәм идеяларды әмелге асырыў ушын көп материаллық имканият талап етилетуғынын, жүзлеген қәбилетли қәнигелер зәрүр екенин де бәршемиз жақсы билемиз. Қанша қыйын болмасын, биз ҳақыйқый мәнистеги үлкен, тарийхый бул жойбардыӊ қаржы мәселелерин шешемиз. Неге дегенде, бул бағдарлама даӊқлы өтмишимизди тереӊ аӊлап, усы тийкарда келешекке исенимли қәдем таслаўға, жасларды ҳақыйқый ўатан сүйиўши инсанлар етип тәрбиялап, Үшинши Ренессансты қурыўға үлкен түртки болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сөйлесиўде кино дөретиўшилер усы дүркин фильмлер ҳәм тараўды раўажландырыў бойынша усынысларын билдирди.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА хабаршылары