Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим 17-19- май күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.

Сапардың биринши күнинде Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги илажлар ҳәм сойлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.

Саммит күн тәртибинен системалы сиясий қарым-қатнасты раўажландырыў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў, саўда, инновациялар, энергетика, нефть-химия, санаат, электротехника ҳәм электроника, аўыл хожалығы ҳәм экономиканың басқа тараўларында анық кооперция бағдарламалары ҳәм жойбарларын алға қойыў мәселелери орын алған.

Буннан тысқары, халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысады.

Малайзия Ҳүкимети басшысы Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында да сапарда болып, халқымыздың бай мәдений-тарихый ҳәм руўхый мийрасы менен танысады, биргеликтеги бизнес форумында қатнасады.

                                                                                                                                                      ӨзА