Президентимиздиң басшылығында 2019-жылы 19-март күни “Жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны әмелге асырыў ҳаққында” өткерилген видеоселектор мәжилисинде жасларды раўажландырыўға қаратылған мәселелер додаланып, тараўларға тийисли 5 әҳмийетли баслама алға қойылған еди. Усы бес әҳмийетли баслама олимпиадасы шеңберинде “Жаслар ҳаўазы” таңлаўы да ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип келинбекте. Таңлаў 3 жас категориясында 4 бағдар бойынша көркем өнерди сүйиўши жасларды өз әтирапында жәмлемекте.

“Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде “Жаслар ҳаўазы” (Бозатаў фест) таңлаўы 5 басқышта (мәҳәлле-сектор-районлық-аймақлық-республикалық) және республикалық финал басқышы телевизиялық форматта шөлкемлестирилиўи режелестирилген еди.

Өз қәбилетлерин көрсетиў мақсетиндеги 238 мыңнан аслам жас “Ёшлар Овози_бот” арқалы электрон дизимнен өткен болса, 16 мың жас таңлаў шөлкемлестирилетуғын орыннан дизимнен өтти.

Таңлаўдың мәҳәлле басқышы 1-5-апрель күнлери республикамыздың барлық мәҳәллеринде шөлкемлестирилди. Мәҳәлле басқышында жәми дизимнен өткен 238 403 жас қатнасты. Мәҳәлле басқышында жеңимпазлықты қолға киргизген 57 766 жас 6-10-апрель күнлери таңлаўдың сектор басқышында қатнасты. 11-16-апрель күнлери таңлаўдың район (қала)лық басқышларына жол алған 2 496 жастан 1 725 жас аймақлық басқышқа жоллама алды.

Таңлаўдың республикалық финал басқышына 158 жас жолламаны қолға киргизди. Мине усы жаслар 9-май күни Нөкис темиржол вокзалында салтанатлы жағдайда күтип алынды. Таңлаўдың рәсмий ашылыў салтанаты усы жылдыӊ 10-май күни Нөкис қаласындағы “Амфитеатр”да өткерилди.

11-15-май күнлери Нөкис қаласындағы спорт мектебиниң имаратында шөлкемлестирилген арнаўлы павилонда “Бақсышылық”, “Опера”, “Миллий атқарыўшылық” ҳәм “Эстрада” бағдарлары бойынша өз-ара беллести.

16-май күни Фестивальдың салтанатлы сыйлықлаў ҳәм жабылыў мәресими өткерилди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев қатнасты ҳәм таӊлаўда жоқары натийжелерди қолға киргизген жасларды қызғын қутлықлады.

Буннан соң, барлық бағдарлар бойынша жеңимпаз болған ҳәм таӊлаўда теңсиз деп табылғанлардан биринши орын ийелерине 50 миллион сум, екинши орынларға 30 миллион сум, үшинши орынларға 20 миллион сум ақшалай сыйлық тапсырылды. Фестивальдыӊ бақсышылық бағдары бойынша 10-15 жас категориясында қатнасқан Умида Аяпова сыйлы 1-орынды жеңип алыўға миясар болды. Оған 50 миллион сумлық пул ваучери салтанатлы жағдайда тапсырылды. Буннан тысқары, Зулхумар Елиўбаева (бақсышылық бағдары) 15-22 жас категориясы бойынша 3-орынды, Қуўаныш Сейтимбетов 23-30 жас категориясы бойынша 1-орынды қолға киргизди. «Опера» бағдары бойынша 10-15 жас категориясында қатнасқан Саидмурат Таганов 1-орын, Сәрбиназ Кәримбаева (16-22 жас) 3-орынды ийеледи. Эстрада бағдары бойынша 10-15 жас категориясында қатнасқан Әсемай Уракова сыйлы 3-орынды, Оразбийке Жиенбаева (16-22 жас) 2-орынды ҳәм 23-30 жас категориясында қатнасқан Тимур Нуратдинов сыйлы 1-орынды жеңип алыўға миясар болды.








Еслетип өтемиз, республикалық басқыштың басқа барлық қатнасыўшылары 10 миллион сумнан сыйлықланды.

Өзбек эстрадасыныӊ жарқын жулдызлары Имрон, Жасмин, Ёрқинхужа Умаров, Хамдам Собиров, Лола Юлдашева, Жаноб Расул, Божалар топарыныӊ атқарған қосықлары байрамға өзгеше заўық бағышлады.

Илаж Жаслар ҳаўазы «Бозатаў фест» таӊлаўыныӊ гимни ҳәм салютлер шоусы менен жуўмақланды.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги