Швейцарияның Женева қаласында Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) Мийнет конференциясы шеңберинде Өзбекстан Сенаты Баслығы – Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша Миллий комиссия баслығы Танзила Норбоева мийнет қатнасықлары бойынша нәтийжели сөйлесиўлерди әмелге асырды.

ХМШ бас директоры Жилбер Унгбо менен ушрасыўда Өзбекстан ХМШтың Ҳәкимшилик кеңеси ағзалығына сайланғаны атап өтилди. Өзбекстанда мийнет қатнасықлары бойынша әмелге асырылып атырған реформалар жоқары баҳаланды. Өзбекстан тәжирийбеси басқа мәмлекетлерге үлги етип көрсетилип атырғаны атап өтилди. Әҳмийетлиси, мүнәсип мийнет нормаларын әмелиятқа системалы енгизиўде бирге ислесиў даўам еттириледи.

ХМШтың департамент директоры Корин Варга менен ушырасыўда болса социаллық қатнасықлар тараўында ислениўи зәрүр болған жумысларға айрықша дыққат аўдарылды. Жумыс бериўшилер менен хызметкерлер қатнасықларыныӊ ҳуқықый тийкарларын және де күшейтиў процесинде жеке меншик секторды қамтып алыў зәрүрлигине итибар қаратылды.

ХМШ мийнеткешлердиӊ жумысы бойынша бюросының директоры Мария Хелена Андре менен сөйлесиўде халықаралық брендлер тәрепинен Өзбекстан базарына қызығыўшылық күшейиўи мүнәсибети менен жеке меншик кәрханаларда кәсиплик аўқамларының ҳәрекетин раўажландырыў мәселелери тәреплердиң дыққат орайында болды.

ХМШ бас директорының жәрдемшиси Миа Сеппо менен ушырасыўда халықаралық мийнет стандартларын енгизиў арқалы социаллық қорғаў системасын және де жетилистириў мәселелери көрип шығылды.

Миа Сеппо Өзбекстанда 2030-жылға шекем қабыл етилген Стратегияда халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, рәсмий емес бәнтликти сапластырыў, хызметкерлерди социаллық қорғаў сыяқлы әҳмийетли илажлар сәўлелендирилгенин алғыслады.

Өзбекстан БМШ Бас хаткери тәрепинен алға қойылған “Жумыс орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаўдыӊ глобал акселераторы” басламасын енгизип атырған жолбасшы мәмлекетлерден бири екенлигин итибарға алып, усы бағдарда тийисли мәмлекетлик шөлкемлеримиз бенен анық жойбарларды енгизиўге келисип алынды.

Бул ушырасыўлардағы сөйлесиўлер Өзбекстандағы мийнет қатнасықларын және де жақсылаўға хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА