Нөкис районында  коллектор реконструкциясы шеңберинде ески көпирлердиң орнына жаңа объектлер қурылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрдеги қарарында Нөкис районындағы «КС-1-4» хожалықлар аралық коллекторының  ПК26+00 ден  ПК126+00 ге шекемги бөлегин реконструкциялаў белгиленген еди.

Бул коллектордың 2024-жылда реконструкциялаў белгиленген 13,2 км. бөлегинде қазыў жумыслары толық орынланған. Бүгинги күнде 3 гидротехникалық объектлерди жаңадан қурыў белгиленген. Сондай-ақ, 2 ески көпирдиң орнына жыйналмалы темир бетон қубырлы суў өткериў объектин қурыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, бақлаў қудықларына дайвер үскенесин орнатыў жумыслары толық жуўмақланып, орайлық мәлимлеме системасына интеграцияланды.

“КС-1-4” хожалықлар аралық коллекторында реконструкция жумыслары әмелге асырылғаннан соң, аймақтағы 3080 гектар жердиң  мелиоратив жағдайы жақсыланып, 1670 гектар жер  майданының жер асты суўлары нормадағы  дәрежеге түсирилиўи күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги