Бүгин, 2-майдан баслап жер ийелери қала қурылысы жумысларын, геологиялық излеў ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыўды, сондай-ақ, аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа жумысларды әмелге асырыўда топырақтың әмелдеги өнимдарлы қатламын қыршып алыўы ҳәм сақлаўы шәрт болады. Усыған байланыслы Нызам күшке кирмекте.

Быйылғы 2-февраль күни Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «Топырақты қорғаў  ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылған еди.

Нызам менен топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў тараўындағы тийкарғы принциплер, тараўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў тийкарлары ҳәм тәртиби белгиленген.

Соның ишинде, жер ийелерине Топырақтаныў ҳәм агрохимиялық изертлеўлер институтынан өзине тийисли жер участкасындағы  топырақтың сапасын баҳалаў ҳаққында мәлимлеме алыў ҳуқықы берилди.

Жер ийелери қала қурылысы жумысларын, геологиялық излеўди ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыўды, сондай-ақ аўыл хожалығына тийисли болмаған басқа жумысларды әмелге асырыўда топырақтың әмелдеги өнимдарлы қатламын қыршып алыўы ҳәм сақлаўы шәрт етип белгиленди.

Ҳүжжетлерге бола, қыршып алынған топырақтың өнимдарлы қатламын қурылыс шөлкемлери ҳәкимшилик тәрепинен белгиленген орынларға сақлаў ушын алып шығады.

Топырақтың  өнимдарлы қатламы қыршып алынбағанлығы ҳәм сақланбағанлығы факти анықланғанда, жеткерилген  зыянның муғдары жергиликли бюджетке өткериледи. Усы пуллардан аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған суўғарылатуғын жерлерди пайдаланыўға  киргизиў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ушын пайдаланылады.

Топырақты үйрениў Аўыл хожалығы, Суў хожалығы, Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрликлериниң ўәкилликли шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылады.

Онда Аўыл хожалығы министрлиги топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады.

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке кириўи нәзерде тутылған еди. Яғный, бүгин 2-май күнинен Нызам  рәсмий әмелде.

                                                                                                                                ӨзА